Ҳүрметли студент!
Бул сораўнама Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2017-жыл 2-февралдағы ПҚ-2752-санлы “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ орынланыўы ҳәмде жоқары оқыў орынларында тәлим-тәрбия процессин жақсылаў, ҳәр тәреплеме жетик қәнигелер таярлаўды раўажландырыў мақсетинде өткерилмекте. Сизиң пикириңиз биз ушын жүдә әҳмийетли болып, ҳәр бир сораўда сиз таңлаған жуўабыңызды дөнгелеклеп белгилеп қойың, керекли орынларда болса жазба түрде жуўап бериң. Сораўнамада атыңыз ҳәм фамилияңызды көрсетиў талап етилмейди. Сизиң пикириңиз тек ғана улыўмаластырылған ҳалда көриледи ҳәм билим сапасын асырыўға жәрдем береди. Алдыннан сизиң дурыс ҳәм қалыс жуўапларыңыз ушын миннетдаршылық билдиремиз!